ШЫҒЫНДЫ САМАЛЫ

Ҳәр күни адамзат өзиниң әтирапында бир нешше тонна шығынды жыйналып барады ҳәм ол инсаниятқа жаман тәсир етеди. Оны қайта ислеў ҳәр бир мәмлекетте өзгеше усылларда шешилип келмекте. Булар ҳаққында «Российская газета» ның хабаршысы өз пикирлерин билдирип өтеди.

Қытайда шығындыларды жыйнап оларды сортировка ислеп, шығындыларды қабыллаў орынларына тапсырыў менен шуғылланатуғын инсанлар топары жумыс алып барады. Тек ғана Пекинде усындай 160 мың шығынды жыйнаўшы инсанлар хызмет етип келмекте.

         АҚШ

         АҚШ қалаларында шығындыларды алып шығып кетиў турақлы тариф пенен алып барылады. Бул хызмет айына 10 нан 40 доллар әтирапында болады. Қәўипли химикатлар жеке ҳалда 50-100 долларға қайта исленеди, ал қурылыс материаллары болса 200 долларға түседи.

         Америкада қатта хожалық буйымларды қайта ислеў ҳәм қала сыртына алып шығыў жүдә пайдалы исбилерменлик есапланады. Оның жыллық айланысы 55-60 миллиард қурайды.

         АҚШ та көп жыллар даўамында шығындылар таслаў орны шығындыларды жыйнаўдың тийкарғы усылы сыпатында қаралып келинген еди. Қала ишиндеги ҳәм әтирапында жаңа имаратлардың қурылыўы, шығынды таслаў полигонларына бос жердиң жетиспегенлиги себебинен олардың баҳасының артыўына алып келди. Халықтың тығызлығы жоқары болмаған, территориясы да жеткиликли болған аймақлар шығындылардан пайда көре баслады. Мәселен, Огайо штаты басқа регионлардан шығындыларды қабыл етип алғаны ушын тоннасына 35 доллар алатуғын болса, Алабама штаты 19 доллар алады.

         1976-жылы шығындыларды қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша нызам қабыл етилген. Ҳүжжет шығынды полигонлары операторларын финанслық жақтан тәминлениўин тек ғана полигон жумыс алып барып атырған ўақытта ғана емес ал оның жабылыўы ҳәм имканиятлары жоқ ўақытларында да кемпиллеўди өз мойнына алыўды тәртиплестирди. Буның нәтийжесинде бундай полигонлардың саны 1988-жылы сегиз мың болған болса 2000-жылға келип еки мыңға шекем қысқарып қалды. Ҳәр қыйлы түрдеги шығындыларды жеке контейнерлерде жыйнаў нормаға айланды. АҚШ тың қоршаған орталықты қорғаў агентлигиниң мағлыўматына қарағанда ҳәзирги ўақытта шығындылардың 50 проценти полигонларға, 30-35 проценти қайта исленеди, ал қалған бөлими жағып жибериледи екен.

         Германия 

         ФРГ шығындыны қайта ислеў ҳәм тысқары алып шығыўдың баҳасы турақ жайдың қай жерде жайласқанына байланыслы. IW Consult жеке институтының 100 қала мысалында алып барған изертлеўлериниң нәтийжесинде қалалар арасындағы парқ 300 евроға шекем жетеди екен. Мысал ушын, Фленсбургте хожалық ҳәм ири шығындылар, аўқатлық затлардың қалдығы ҳәм макулатураны алып шығып кетиў ҳәм жоқ етиў турақ жай ийесине жылына 111 евроға түседи екен, ал Леверкузенде болса бул баҳа 481 евро әтирапында екенлиги мәлим болды. Гейде шығындыларға жумсалатуғын қаржы коммунал төлемлердиң 10 процентин қураўы да мүмкин. Егер әпиўайы немис шаңарағының жыллық табысы 20 мың евро деп есаплайтуғын болсақ, бул шығын онша қымбат емес екенлиги көзге тасланады.

         Шығындыларды алып шығып кетиў ҳәм жағып жибериў яки қайта ислеў кететуғын шығынлар турақ жай ийелериниң мойнына коммунал төлем сыпатында түседи. Пластик ҳәм темир ыдысларды жыйнайтуғын «Сары контейнерлер» ди қайта ислеў ушын шығынларды өз өнимлерин жеткерип берген кәрханалар яки дүканлар төлейди. Бир қатар фирмалар утилизация ушын кететуғын шығынларды өнимлердиң баҳасына қосып есаплайды. Қағаз ҳәм картонды жыйнайтуғын контейнерди қурыў жумсалатуғын шығын жеке меншик турақ жай ийелериниң ийнине түседи, ал көп қабатлы жайлардың әтирапында қойылатуғын контейнерлерге жумсалатуғын қарды жергиликли администрация тәрепинен төленеди. Бирақ азғана бөлими картон қағазларды пайдалатуғын кәрханалардан да алынады. Шийше ҳәм пластик ыдымлар дүкәнларда пуллы түрде қабыл етиледи. Шийше ыдымлардан қайтадан пайдаланылады, ал пластик ыдыслар гранулаларға айландырылып қайта исленеди.

         ФРГ да шығындыларды жыйнаў орынларынан отыз жыл бурын ўаз кешкен. «Немис экологиялық жәрдем» аўқамы баслығы Томас Фишердиң атап өтиўине қарағанда, шығындыларды жыйнаў орынлары бул тас әсири, шығындыларды жоқ етиўдиң ең жаман усылы. Шығындылардан қутылыўдың таза усылы – бул ыдыслардан ўаз кешиў. Екинши орында оларды қайтадан пайдаланыў, – деп атап өтеди.

         Италия

         Италияда шығындыны қайта ислеў ушын алынатуғын салық еки квотадан турады – белгиленген баҳа ҳәм өзгермели баҳа. Белгиленген бөлими имараттың квадрат есапқа алады, ал өзгермели бөлиминде болса шаңарақ ағзаларының саны есапқа алынады.

         Жақында Италияда «шығындылар» шаўқымы келип шыққан, коммуналар алжасып кетип, шаңарақтың ҳәр бир ағзасы ушын орташа есап пенен жылына 40-50 евро төлеўи керек деп белгилеп берген. Негизги баҳасы 1-2 евро турады.

         Кейинги он жыллықта Италияның бир қатар ири қалалары «шығындылар дағдарысынан» басын ала алмай киятыр, ҳәтте бул процесс бүгинги күнге шекем даўам етпекте. Бул нәрсе 2013-жылы Европаның ең үлкен шығындылар таслаўшы «Малагротта» полигонының жабылып қалғанлығы менен басланған. Өз ўақытында бул полигон әтираптың тәбиятына зыянлы тәсирин тийгизген еди. Лекин оның жабылыў менен машқалалар ашық-айдын болып қалмақта.

         Италияның пайтахты шығынды мәмлекеттиң басқа областларына абырыўы менен бирге шет еллерге жиберип атыр. Қала ғазнасы 100 мың тонна шығындыны алып шығып кеткени жылына 14 миллион евродан туўра келмекте.

         Қубла Корея

         Шама менен бир нешше әсир алдын мәмлекет басшылары пуқараларға шығындыларды жыйнаўдың жаңа системасын енгизиў керек екенлигин түсиндире баслаған еди. Ол шығындыларды дара-дара жыйнаўды нәзерде тутқан еди.

         Көп ғана шет еллилер Кореяда шығынды таслаў шелеклери жоқ деп налыйды, бул нәрсе билқастан исленген. Барлық шығындыларды қағаз, пластик, полиэтилен, шийше, темир, аўқатлық затлардың шығындылары сыпатында дара-дара жыйнаў керек болады. Шығындыларды жыйнаў ушын арнаўлы қалташалар ислеп шығарылады, если шығынды әпиўайы қалташа менен тасланса, ол шығынды алып кетилмейди, ал булай ислеген адам шығынды жыйнаў орнында жайласқан видео камера арқалы анықланады. Буннан соң үлкен муғдардағы штраф төлеўге мәжбүр болады. Ҳәр бир шығынды комплексиниң жанынжа арнаўлы ящик жайластырылады ҳәм оған аўқатлық затлардың шығындыларын таслаў мүмкин болады. Лекин ол ҳәр бир турғында болатуғын арнаўлы карталардың жәрдеминде ашылады. Ящикке салынған азық-аўқатлық затлардың шығындылары өлшенеди, айдың ақырында улыўма көлем бирлестириледи, буның салдарынан шығындыны алып таслаў ушын төлемниң баҳасы шығады ҳәм бул қәрежет квартира ҳәм хожалық хызметлери менен қосып есапланады.

         Кореяда гөне телевизор, компьютерди әпиўайы түрде таслап кетиў мүмкин емес. Буның ушын шығындыны қайта ислеўши компанияға арза жазылады, чек бойынша пул төленгеннен соң ғана гөне диван яки холодильник алып кетиледи.

                    «Российская газета» да жәрияланған материал         

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *