Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер

Жақында К.Убайдуллаев атындағы Республикалық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў институтының доценты Гүлжәҳән Айекеева «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясын балалар менен муғаллимлерге тереңрек үйретиўдиң таза методлары, усы мәселе шеңберинде халық билимлендириў министрлиги менен ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте «Балаға дослық қатнасықта болатуғын мектеп» атамасында жойбар әмелге асырылғаны ҳаққында атап өткен. Қәнигениң оқыў процесиндеги таза методларды қолланыў, оларды күнделикли турмысқа енгизиў бойынша көз-қарасларын оқыўшыларға түсиндириў ушын сәўбетлесиўди мақул таптық.

Өзбекистан Республикасы не ушын бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясына қол қойды?

         – Қәлеген мәмлекет келешек әўладтың кәмил инсан болып жетилисиўи ушын оның қорғап, оған тыянақлы билим бериўди жоқары дәрежеде шөлкемлестиреди. «Бала ҳуқықларын қорғаў» халықаралық конвенциясында баланың раўажланыўы, оның барлық ҳуқықлары кепилликке алынған. Сол ушында Өзбекистан Республикасы 1992-жылы усы әҳмийетли ҳүжжетти ратификациялады. 1994-жылы Өзбекистан Республикасы менен Бирлескен Миллетлер шөлкеми балалар қоры ортасында шериклик ҳаққындағы тийкарғы шәртнамаға қол қойды. Соның менен бирге 2008-жылы 7-январьда Өзбекистан Республикасы «Бала ҳуқықлары кепилликлери» нызамы қабыл етилди.

     «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясының тийкарғы бес бағдары бар. Олар төмендегилерден ибарат: Мектепти басқарыўда балалар, шаңарақ ҳәм жәмийетшиликтиң катнасыяы, баланың турмыслық талапларын есапқа алған ҳалда сапалы билим бериў, гендер теңликти есапқа алыў, бала жетилискен ҳалда раўажланыўы ушын саламат қоршаған орталық, барлық балаңы социаллық келип шығыўын есапқа алмаған ҳалда билим бериў процесине тартыў.

– Бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясына АҚШ ҳәм Сомали мәмлекетиниң қол қойыўдан бас тартыўына не нәрсе түртки болды деп ойлайсыз?

         – АҚШ та барлық мәмлекетлик ҳүжжетлер саррас ислеп турғанын атап өтеди. Мәмлекет сиясаты бала ҳуқықларын қорғаўға толық мүмкиншилик жаратады. Яғный АҚШ та конвенцияға қол қойыў мүтәжлиги жо деп есаплаған. Ал, Сомалиге келетуғын болсақ мәмлекет бала ҳуқықлары конвенциясы талапларын толық түрде орынлай алмайды, себеби мәмлекетте ер жетпеген балаларда урыс процесине қатнасады.

   – Ата-ана қалайынша баланың раўажланыўында қатнаса алады?

– Көпшилик ата-ана мектеп процесине араласыў мүмкин емес деген түсиникте жүргенин жасыра алмаймыз. Лекин бул жағдай жақсы тәрепке өзгерип атырғанын да атап өтиўимизге болады. Ата-ана ашық есиклер күнлерине қатнасып баласы окып атырған мектептиң билим бериўдеги салмағын салыстырады. Ата-ана жыйналысына қатнасып, оқыў процесинде болып атырған айрым олкылықларды айтыўы мүмкин. Буннан тысқары ата-ана баласы менен биргеликте үйге берилген тапсырманы таярлаў арқалы окыў процесиниң бир ағзасын айланыўы да мүмкин. Ата-ана қайсы мектепте баласы ушын жақсы билим берилетуғынын өз таңлаўы да дәстүрге айланып атыр.

– Муғаллим баланы раўажландырыўда қалай қатнасады? 

– Мен институтқа қәнигелигин жетилистириўге келген муғаллимлерге биринши гезекте балаларды жақсы көриң, егер ондай болмайтуғын болса муғаллимшилик кәсибин таңламағаныңыз жақсы деп айтаман. Ең дәслеп муғаллим баланы сабағына қызықтыра алыўы лазым. Балалардың сораўына жуўап берип қоймай, олардың пикирлерине де қул түриў лазым.

– Имканияты шекленген балаларға жәмийетте, мектепте қатнасты қалайынша өзгертиўге болады?

         – Имканияты шекленген қәлеген бала жәмийетке араласып, қатары менен ойнағанды, бирге мектепке қатнағанды жақсы, лекин мектептеги балалар оларды қабыл етпей, үстинен күлиўи де мүмкин. Усындай ўақытта муғаллим жәрдемге келиўи керек, яғный муғаллим балаларды, классты алдын ала таярлап алыўы керек, сонда ғана олардың қабыл етиўи аңсат болады. Егер бундай балалар айына, яки ҳәр қыйлы байрамларда мектепке келип турса мақсетке муўапық болар еди.

«Балаға дослық қатнаста болатуғын мектеп» атамасындағы жойбардың тийкарғы бағдары неден ибарат еди?

         – 1997-жылы Өзбекистанға глобал билимлендириў түсиниги кирип келди. Орынларды усы түсиникти ен жайдырыў бойынша бираз ушырасыўлар, семинарларда шөлкемлестирилди. Усы көз­-қарастан ЮНИСЕФ 2009-жылы усы жойбар менен кирип келди. Жойбарға Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятынан 200, Ферғанадан 200, Қарақалпақстаннан 200 мектеп жойбардың тийкарғы мақсетли топары сыпатында белгилеп алынған еди. Жойбардың тийкарғы 9 бағдары бар. Ҳәр бир предмет бойынша илимге тийкарланған билим бериў, баланы глобал ойлаўға үйретиў, пәнлердиң интеграциясы, баланы раўажландырыў ҳәм басқалар.

         – Жойбар шеңберинде не нәрселер исленди? Қандай нәтийжелерге ерисилди?

         – Жойбар шеңберинде билимлендириў процесине байланысды мониторинг жумыслары алып барылды. Мониторинг нәтийжелери Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлигине берилди. Яғный мониторинг жумысларын үйренип шығып республикамыз мектеплериндеги ҳәжетханалардың, асханалардың жағдайлары жақсыланды. Соның менен бирге мектепти таза ишимлик суўы менен тәминлеў жумыслары да жолға қойылды.

         – Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша конвенцияны балаларға үйретиўде қандай методлардан пайдаланған мақул болады? Яғный бала ҳуқықлары бузылған ҳалатларды қалайынша түсиндирип бериўге болады?

– Жойбар тийкарында еки мың оқыўшы окытылды. Бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясы тийкарғы 54-статьядан ибарат. Мине усы статьяларды балаларға үйретиў ушын бала ҳуқықлары бузылған жағдайларды мысал сыпатында берип, оның тийкарында оқыўшылар сүўрет салды. Бала ҳуқықлары бузылған ҳалатларды ортаға таслап онан шешим табыўдың жолларын үйреттик.

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

           Хурмет Атажанов,

Журналист,

Сүўретлерде: Жойбар тийкарында

өткерилен семинарлардан көринислер

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *