Щвецияның шығындыны қайта ислеўдеги өзгешеликлериниң жасырын тәреплери

Дүнья жүзиндеги барлық мәмлекетлер шығындыны қайта ислеўде Щвеция тәжирийбесинен өрнек алыўға ҳәрекет етип келмекте. Ғалаба хабар қуралларында мәмлекеттиң өзинде шығындылар жетпегеннен соң оны шет еллерде де сатып алып атыр деген хабарлар да бар. Лекин бул қубылыстың жасырын тәрепи де бар.

Негизинде Щвецияда шығынды қайта ислеўдиң көлеми 49,8 процентти қурайды, бул көрсеткиш 2006-жылдан берли жоқарыламай атыр. Шығындыларды тийисли орынларда көмип тасламаўдың тийкарғы себеби, шығындылардың жағып жиберилип атырғанлығы болып тур.

  Шығындыларды шет еллерден сатып алып атырғанының себеби, шығындыларды жағып жиберетуғын кәрханаларды өним менен тәминлеў ҳәм ЕА ның талапларын орынлаўы керек ҳәм шығындыны қайта ислеўдиң көлемин 2030-жылға келип 65 процентке жеткериў болып табылады.

Шығынды жағып жибериў қайта ислеўге кирмейди, шеттен келтирилип атырған өнимлердиң барлығы шығындыларды жағып жибериў кәрханаларының қуўатлылығын услап турыў ушын жумсалады екен.

Нәтийжеден мынадай ҳалат пайда болмақта. Шығынды жағып жиберетуғын кәрханалар менен бир нешше жыллық шәртнама дүзилген ҳәм қаржы жумсалған. Егер шығынды болмаса кәрханалар жәбир көреди. Солай етип Щвеция қыйын аўҳалда қалмайта.

     Дерек:  https://zen.yandex.ru/media/zerowaste_ru/nepriiatnaia-pravda-o-shvedskoi-revoliucii-v-pererabotke-othodov-5b8f4887462dca00ab352546

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *