2018-жылы Нобель сыйлығы кимлерге берилди?

8-октябрь күни Стокгольм қаласында быйылғы жылғы Нобель сыйлығы ийелерин анықлаў мәресими болып өтти. Экономикалық моделлестириў бағдары изертлеўшилери АҚШ лы Уильям Нордхаус ҳәм Пол Ромерлер базар экономикасы ҳәм ықлым өзгериўиниң байланысы бағдарындағы изленислери ушын экономика бағдары бойынша Нобель сыйлығына еристи.

«Олар жаңа экономикалық анализ қарсаңында есикти ашты, ҳақыйқаттан да келешекке ҳәм глобал гүллениў бағдарында ашылыўды әмелге асырды», – деп атап өткен еди Стокгольм университети профессоры Торстен Перссон.

Сынға қулақ түрди

         Быйылғы жылы Нобель сыйлығы ийелери арасында еки ҳаял-қызды ушыратыўға болады. Себеби 2017-жылы Нобель сыйлығы комитетине не ушын еки жылдан берли сыйлықланыўшылар арасында ҳаял-қызлар жоқ деген сын пикирлер билдирилген еди.

Нәтийжеде «Физика» номинациясы бойынша Донна Стриклэнд Нобель сыйлығына ерискен болса, ал «Химия» номинациясына Фрэнсис Арнольд сыйлыққа мүнәсип деп табылды.

Быйылғы жылдың өзгешеликлериниң бири бул әдебият номинациясы бойынша лауреаттың исми атап өтилмегенлиги болды. Бул сыйлық 2019-жылы өз ийесин табыўы мүмкин.

Илимий номинациялар

          Илимий номинациялар болған физика, медицина, химия, экономика бағдарларында Нобель комитети ағзалары талабанлар арасынан ең алдыңғыларын таңлап алыў қыйын екенлигин атап өтпекте. Себеби, Нобель сыйлығы ушын ылайық болатуғын жумыслар көп. Алдыңғы жыллардағыдай сыйлықлардың басым көпшилиги АҚШ лы илимпазлар несип етти. Он лауреаттың алтаўы усы мәмлекеттен, екеўин Европа мәмлекетлеринен, Канада ҳәм Япониядан бир илимпаздан сыйлықланған.

2018-жылы физиология ҳәм медицина номинациясы менен Джеймс Эллисон (АҚШ) ҳәм Тасуку Хондзё (Япония). Олар рак кеселлиги терапиясы ушын бул сыйлыққа мүнәсип деп табылды. Илимпазлар рак кеселлигин иммунитет системасы механизмин тормозлаўшы ҳәрекетлер менен емлеў методикасын ислеп шықты.

Физика номинациясы бойынша сыйлық илимпазлар Артур Эшкин (АҚШ), Жерар Муру (Франция) ҳәм Донна Стриклэнлерге (Канада) несип етти. Олар лазер физикасы бағдарында үлкен ашылыўды әмелге асырған еди. Сыйлық еки ашылыў ушын бериледи: сыйлықтың ярымын Эшкин «оптикалық пинцет ҳәм оның медицина қолланыў» илимий ашылыў ушын алатуғын болса, екинши бөлими Мур ҳәм Стриклэндлерге «ультра қысқа жақтылық импульсы» ушын берилген.

2018-жылғы химия номинациясы бойынша сыйлық илимпазлар Фрэнсис Арнольд (АҚШ) «ферментлердиң эволюциясы бағдары ушын», соның менен бирге Джордж Смит (АҚШ) ҳәм Грегори Винтур (Уллыбритания) «пептид ҳәм антителлардың фаголы сәўлелениўи» жумыслары ушын берилди.

Парахатшылық сыйлығы

         2018-жылғы парахатшылық номинациясы Конго Демократиялық Республикасынан Дени Мукве ҳәм Ираклы ҳуқықтаныўшы Наде Муратқа берилди. Олар урыс ўақытында жынысый зорлықтың қолланылыўы менен гүресиў мийнети ушын сыйлықланды.

Сыйлықтың тапсырылыўы

         1901-жылдан баслап Нобель сыйлығы 585 мәртебе өз ийелерине тапсырылған. Сыйлыққа 27 шөлкемнен 869 адам мүнәсип табылған.

Сыйлық 10-декабрь күни яғный Альфред Нобельдиң дүньядан өткен күни стокгольм филармониясы ҳәм Осло ратушасында болып өтеди. Бул сыйлықтың муғдары ҳәр бир номинацияда 9 миллион кронаны қурайды (1 миллион доллар).

          Таярлаған: Зухра Ниязбекова,

Журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти

 

 

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *