Инсан ҳуқықларын қорғаўда журналисттиң хызмети

Раўажланыўдың демократиялық жолын таңлаған мәмлекетке қойылатуғын баслы талап, инсан ҳуқықларын қорғаў болып табылады. Инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелеринде баслы ҳуқықый тийкар болып БМШ тәрепинен 1948-жылы 10-декабрьде қабыл етилген «Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларация» хызмет етип келмекте.

Инсан ҳуқықлары мәселелери менен шуғылланыўшы қәнигелердиң айтыўына қарағанда, бүгинги күни раўажланған мәмлекетлер ҳәм енди раўажланып киятырған мәмлекетлердеги бир қатар институтлар «Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларация» сы ҳәм инсан ҳуқықлары менен байланыслы болған ҳуқықый нормалардың тутқан орны жүдә әҳмийетли. Егер декларацияның 19-статьясын толығы менен баян ететуғын болсақ онда былай делинген: «Ҳәр бир инсан өз пикирин иркинишлерсиз баян ете алыў, соның менен бирге ҳәр қыйлы мағлыўмат ҳәм пикирлерди баян етиў, қабыл етиў ҳәм оларды тарқатыўды өз ишине алған сөз еркинлигине ийе». Демек, инсан ҳуқықларын жүзеге шығарыўда ғалаба хабар қуралларының да айрықша роли бар екенлиги баяр етилген. Декларацияның кирисиў бөлиминде инсан өмириндеги ең уллы сезим инсанның қәдир-қымбаты оған берилиўи керек болған принцип-ҳуқық пенен тең қойылады» деп атап өтилген. Дөретиўшилик процеси даўамында журналист инсан өмирине байланыслы мәселелерди көтергенде усы еки статья дөгерегинде ҳәрекет етсе мақсетке муўапық болады. Декларацияның 12-статьясында журналистти сергекликке шақырыўшы нормалар белгилеп берилген, яғный өзгелердиң жеке өмирине ҳеш кимниң, атап айтқанда журналисттиң де араласыўына жол қойылмайды.

Егер мәселеге терең кирип баратуғын болсақ, халықаралық ҳуқық нормаларындағы пунктлер журналистлердиң улыўма инсаныйлық қәдириятларды қорғаўдағы ҳәрекетлеринде этикалық нормаларға да бойсыныўы кереклигин ескертип турады. Инсан ҳуқықлары мәселелери менен шуғылланыўшы көп ғана қәнигелердиң пикирине қарағанда, пикирди баян етиў фундаментал ҳуқық есапланып, барлық улыўма инсаныйлық ҳуқықлардан үстин туратуғынлығын атап өтеди. Пикирлеў еркинлиги, сөз еркинлиги шешиўши процессте кең халық массасының қатнасыўын тәминлеп бериў қурал сыпатында да илимге айланды.

«Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларациясы» журналистлердиң искерлигиинде қандай роль ойнайды деген сораў туўылыўы мүмкин. Инсанның қәдир-қымбатын қорғаў, оның ҳуқықларын жүзеге шығарыў процесинде журналистлер тиккелей қатнасады. Журналист инсанның излеген ҳәм тапқан хабарын жәриялаўы ушын қолайлы шараят жаратып берип, оған жәрдем бериўи шәрт. Өз гезегинде журналисттиң өз аудиториясын анық ҳәм күнделикли өмир ушын әҳмийетли хабарды жеткерип бериў журналистика тараўына жүклетилген функциялардан есапланады.

Өзбекистанда журналистлердиң искерлигин нызамлы тәртиплестириў процеси де анық жолга қойылған. «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында» Өзбекистан Республикасының нызамында журналисттиң ҳуқықы менен биргеликте миннетлери анық көрсетилген. Нызамның 6-статьясында былай делинген: «Ғалаба хабар қураллары арқалы пуқаралардың намысы ҳәм қәдир-қымбатын аяқ-асты етиў, олардың жеке өмирине араласыўға жол қойылмайды.» Бул қатарлардан сонны аңлаўымыз мүмкин, инсанның жеке өмирине араласыўға журналисттиң де ҳакысы жоқ. Соның менен бирге булл процесс «Хабар алыў кепилликлери ҳәм еркинликлери ҳаққында» Өзбекистан Республикасы нызамының 4-статьясында «Хабар алыў еркинликлериниң тийкарғы принциплери хабардың әшкаралығы, ҳәмме алыў мүмкин екенлиги, расгөйлигинен ибарат» өз көринисин тапқан. Демек, бир тәрептен журналисттиң хабар дереклери менен ислескенде оның мойнында бир қатар миннетлемелер бар екенлигин нызам ескертетуғын болса, екинши тәрептен журналистке хабарды излеў ҳәм оларды тарқатыўда бир қатар еркинликлер жаратып береди.

Инсан ҳуқықларын қорғаў, олрдың конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын жергиликли баспасөзимиз бир қатар жумысларды әмелге асырмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы газетасы есапланған «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасында инсан ҳуқықлары менен байланыслы болған бир катар рубрикалар хәрекет етип турыпты. Мысал ушын: «Ҳуқықый мәсләҳәт мүйеши», «Сораңыз жуўап беремиз» ҳәм басқада.

Демек, журналистлеримиз инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқараларымыздың бир ҳуқық ҳәм еркинликлерин жүзеге шығарыўда тийкарғы күш есапланады.

 

Ҳүрмет Атажанов,

Журналист

 

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *