окт 02

ЛОКАЛЬНЫЕ СИГНАЛЫ ИЗМЕНЕНИЯ КЛИМАТА

Вся история связано с помидорами, обычными которыми торгуют на базаре. Конец лето август, начало осени сентябрь у нас в Каракалпакии (не только у нас, во многих уголках постсоветского пространства) в кругу домохозяек называется сезоном консервирования плодоовощных продуктов. Но этот год выдался очень непредсказуемым в плане ценников на продукты. Цены стали заоблачными. Continue reading

окт 02

ДҮНЬЯ ЖҮЗИ ОКЕАНЛАРЫНА 95 ПРОЦЕНТ ПЛАСТИКТИҢ КЕЛИП ТҮСИЎИНДЕ ОН ДӘРЬЯНЫҢ АЙЫБЫ БАР

Қоршаған орталықты изертлеў бойынша Германияның Гельмголь орайы изертлеўшилери дүнья жүзиндеги 57 үлкен дәрьялардың ағысын анализлеўге еристи. Изертлеўдиң нәтийжесинде пластмассаның киши ҳәм ири элементлериниң дәрьяларға түсиўниң көлемин анықлады. Олар дүнья океанларына 95 процент пластик ең ири он дәрьядан келип түскен: Амур, Ганг, Меконг, Нигре, Нил, Маржан дәрья, Инд, Хайхэ, Янцзы, Сары дәрья.

Бул дәрьялар арасында рекорд орнатып турғаны Янцзы есапланады. Атап өтилген дәрьядан ҳәр жылы теңизге 912 тонна пластик келип түседи екен.

окт 01

Балық азайып кетти

Қармақты дәрьяның яки каналдың буйынтық жерине таслап, бир неше саатлап ойға шүмип, балық услағанның заўқы өз алдына ғой. Менде қолым саўа болса, дем алайын, ермекке балық услайын деген ойда Қаттыағар каналына бардым. Расын айтайын, әйтеўир қармағым ҳәрекетсиз қалмады, көзимди жайнатып тартып турды. Бирақ, дым қуўанып кеттим бе, яки аўым оңынан келмеди ме. Қулласы, майда шабақтан басқа түк илинбеди.

Өзим әзелий балықшы емеспен. Тек ермек етемен. Сонда да жылымың майланбаса, қас қарайғанда үйге бос барыўда қыйын екен.

Нар тәўекел деген жаман ғой. Келеси сапары да сол тәўекелдиң белине отырып, жақсы нийет пенен балыққа бардым. Әттең және сол аўҳал мени күтип алды. Қармағымды тартқылап көзимди ойнатқаны менен қармақты алғанда түрим өзгере берди. Майда шабақ! Ҳайран болдым. Неге бундай болды? Өйдейин десем, бурында усы жемтикти салып, карыстай балық аўлайтуғын едим. Сонда не болды? Бул ойым соңғылығында мени мақала жазыўға ийтермелейтуғынын билмеген екенмен.

Continue reading