Бухара суўыны қоныс басқан мәкан

 

Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты Өзбекстандағы ең үлкен қорғалатуғын аймақлардың биринен есапланады. Буннан тысқары, резерват Бухара суўының тийкарғы қоныс басқан мәканы болып табылады.

Мәмлекет қорғалыўындағы аймақ

         Негизинде биосфералық резерват 1971-жылы Бадай тоғай қорықханасы сыпатында жумыс баслады. Қорықхана Бухара суўынының бас санын көбейтиў мақстинде ашылған еди. 1976-жылы усы мақсетлерди әмелге асырыў ушын қорықханаға Тәжикистанның «Рамит» қорықханасынан үш суўын алып келинген. Ал, 1979-жылы болса тоғыс суўын алып келип арнаўлы вольерлерде сақланған. Олардың бас саны көбейгенлиги менен айрымлары тоғайға еркине жиберилген.

  Бадай тоғай қорықханасының аймағы 6462 гектар болған болса, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы 243-санлы қарары менен Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты Республикамыздың Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларының территориясында 68717,8 гектарда шөлкемлестирилген. Биосфералық резерваты үш зонаны өз ишине алады. Ядро зонасы, яғный қорықхана, майданы 11568,3 гектар, буфер зонасы 6731,4 гектар, 50418,1 гектар аралық зона (экономикалық зона).

 

Ҳақыйқаттанда да биосфералық резерваты дүзилгени үлкемиздиң ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын сақлап қалыў ҳәм байытыў ушын тасланған ақыллы шешим болды. Себеби, бир нешше он жыллар алдын алып келинген Бухара суўынының қорықхана зонасында өсип раўажланыўы ушын тарлық ететуғын еди. Сол ушында резерват аймағының кеңейиўи Бухара суўынының емин-еркин өсип-өниўи ушын қолайлылық жаратылды.

 

Резерватқа дәслепки қәдем

         Нөкисте жасасақта, бадай тоғайының жанына бир нешше мәртебе өтсекте, оған барып көрмеген екенбиз. Усы ретте бадай тоғайына барып,оның әжайып тәбияты менен танысыў идеясы да жазда болып өткен семинарда пайда болған еди. Нөкисте «Массагет» мийманханасында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерватының бүгинги ҳалаты ҳаққында журналистлерди таныстырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинарда қорғалатуғын аймақтың бүгинги ҳалаты, туристлик потенциалы ҳаққында пикирлер билдирилген еди.

     Ҳақыйқаттанда резерват тек ғана қорғалатуғын тәбият объекти сыпатында емес, ал туристлерди өзине тартатуғын орын сыпатында көпшиликке таныстырылыўы керек екенлигин усы жерге барғанымызда билдик.

 

Туўры, резерват әжайып тәбийий орында жайласқан, бир тәрептен Әмиўдәрья суўлары тоғайды суўландырып турған болса, екинши тәрепте бийик қара таўы усы аймақтың Бухара суўынлары ушын тәбийий жасаў орнына айланған.

Резерватқа кире беристе бадай тоғайының бай тәбиятын, әжайып ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясы менен таныстыратуғын музей жайласқан, ал оннан бес-алты километр қашықлықта болса, тоғай ишинде Бухара суўынларын илимий тәрептен үйрениўши вольер бар. – Оның майданы 4 гектарды қурайды ҳәм жигирма бир бас бухара суўыны бағылып атыр. Негизинде вольерде сақланып атырған суўынлар менен жабайы ҳалында жасап атырған суўынлардың парқы көп. Жабайы ҳалында өскен суўын үркек, адамларды көрсе қашады. Күндиз өзлери жасайтуғын аймақларда болады, ал кешқурын болса, резерват сыртына да шығып кетеди. Ал қыстың күнлери болса тоғайдың қалың жерлерин мәкан етеди, – дейди 3-айланба инспекторы Азиз Матқурбанов.

      Биосфера резерваты Бухара суўынлары менен бирге Орта Азия тәбияты ушын масласқан бир қатар ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер ушын әжайып мәкан да болып табылады.

  – Негизинде 2011-жылы биосфералық резерваты ҳайўанат дүньясының ең сулыў ҳәм қызыл китапқа кирген Бухара суўының бас санының көбейип кеткенлиги, оның келешекте көбейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген еди. Илимий изертлеў жумысларын алып барыў ушын да имканият жаратылды. Биосфералық резерваты үш зонаға бөлинеди, қорықхана бөлими олда үшке бөлинеди. Бадай тоғай, Жумыртаў, Назархан бөлимлери. Буннан басқа буфер экономикалық зоналары бар. Буфер зона қорықхананың сыртқы қатламында жайласқан ҳәм оның тийкарғы мақсети экотуризми раўажландырыўға қаратылған. Кейинги экономикалық зона, ол қорықхана, буфер зонасының сыртында жайласады, онда фермерлик ҳәм басқада жумыслар ҳайўанатлар, өсимликлер дүньясына зыян келтирмеген ҳалда алып барылады. Яғный қорықхана зонасындағы ҳайўанатлар азықланыў мақсетинде буфер, экономикалық зоналарға өтиўи мүмкин. Сол ушын да бул зоналар резерват аймағына киргизилген, – деген пикирди билдирди, биосфералық резерват директоры орынбасары Ақылбек Туреев.

Машқалалар, шешилиўи күтилген мәселелер

         Биосфералық резерватты айланып жүргенимизде тораңғыллардың мыллыйып, шақаларының қуўрап турғанлығына көзимиз түсти. Оның себеби, Әмиўдәрьяның қәддиниң төменлеп кетиўи менен байланыслы екен. Негизинде бадай тоғайындағы тораңғыллықлар Әмиўдәрья суўының кенарынан шығып кетиўи нәтийжесинде суўсынланып барған. Ал суўдың көлеминиң төменлеп кетиўи болса, олардың өсип-өниўине кери тәсир еткен.

      Бухара суўынының бас санын анықлаў ушын оларды санаў жумыслары алып барылады. Быйылғы санақта олардың бас саны мыңнан аслам екенлиги анықланған. А.Туреевтиң атап өтиўинше Бухара суўыны ушын ҳәзирги жасап атырған тоғай зонасы тарлық етпекте, олардың көшириў мәселесин шешиў керек деген пикирди билдирди. – Бухара суўынын Назархан бөлимине де көшириў керек. Ол жерде 3500 гектар тоғайзарлық бар. Егер Бухара суўынларының айрым бөлимин сол жерге көшире алсақ олардың бас санын және көбейтиўимизге имканият жаратылады, – дейди Р.Туреев.

Буннан тысқары, резерват аймағында антик дәўирине тийисли болған естелик қалалардың бири Жампық қала жайласқан. Соның менен бирге Әмиўдәрья бойларының сулыў тәбияты да инсанларды, шет елли туристлерди өзине тартады.

Бизиңше мине усы орынлар менен жақыннан танысыў ушын экотуристлик жөнелислерди еледе көрип шығыў керек.

Егерде Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерватын сақлап қалмақшы болсақ, оған итибарды еледе күшейтиўимиз керек.

 

Хурмет Атажанов

Журналист

 

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *