Aug 16

Руслан Нуриддинов олимпиада чемпионы

НуриддиновБразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып атырған ХХХI олимпиада ойынларында жерлеслеримиз және бир алтын медальды жеңип алыўға еристи.

         Аўыр атлетика беллесиўлеринде спортшымыз Руслан Нуриддинов 105 килограмм салмақ категориясында бирден көтериўде 194, силкип көтериўде 237, еки гүрес жуўмағы менен 431 килограмм салмақтағы тасты көтерип алтын медаль алыўға еристи. Соның менен бирге олимпиада ойынларының рекордын орнатты. Руслан Нуриддинов алдын Жәҳән, Азия, Универсиада ойынларының чемпиоаны болған еди.

         Кешеги күнниң жуўмағы бойынша Өзбекистан сайланды командасы 6 медаль яғный еки алтын, төрт бронза медалы менен сыйлықланды.