ЖӘМИЙЕТТИҢ ИНФОРМАЦИЯ АЛЫЎ ҲУҚЫҚЫЛАРЫНЫҢ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНЫЎЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ

Инсаният өзиниң басып өткен жолына баҳа бериўў ўақытында тарийхый параллельлерди келтириўди унатады. Атап өтетуғын болсақ, қул ийелеўшилик дәўирлерде инсан қалай жасаған, ал феодаллық дәўирде қалай жасаған, қайсысы абзалырақ деген сораўларға жуўап табыўды жақсы көреди.

Ал биз болса, бурыңғы аўқам дәўиринде қалай жасадық ал бүгин қалай жасап атырмыз, яғный ким болып жетилистик деген сораўларға жуўап бериў ушын тарийхый параллельлерди келтирип өтемиз. Тараўым, қызығыўшылығым журналистика, ғалаба хабар кураллары болғанлығы ушын салыстырыўларымыздың басы сол тәрепке бурылыңқырап кетеди.

Демек, бурыңғы аўқам ўағында инсан қалай пикирлейтуғын еди? Ол ең алды менен жәмийетлик санадан келип шығып, өз мәпинен безип жәмийет ушын деген жалған идеялар сызығы менен жүрип өзиниң индивидлик санасынан айрылған еди. Яғный партия не айта, қандай сызық сызып берсе соннан жүриўим керек деген жалған исеним менен санасы суўғарылған еди. Бунда ғалаба хабар кураллары тийкарғы орынлаўшы қурал сыпатында сахнаға шыққан еди. Ғалаба хабар қуралларынан коммунистлик идеяны халық санасына сиңдириўши қурал сыпатында пайдаланылды.

Ғәризсизлик дәўиринде ше? Инсан өз пикирине, дүнья танымына, еркине, ықрарына ийе. Буған ерисиўине мәмлекетимизде сөз еркинлиги, хабар алыў таркатыў еркинлиги конституциямыз бенен кепиллеп берилгенлиги себеп болды. Бул конституциямыздың 29-статьясы менен тасытыйықлап қойылды. Онда былай делинген: «Ҳәр ким өзи қәлеген хабарды излеў, алыў ҳәм оны тарқатыў ҳуқықына ийе, ҳәрекеттеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылған хабар ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлерден тысқары. Пикир жүргизиў ҳәм оны айтыў еркинлиги тек ғана мәмлекет сыры ҳәм басқа сырларға байланыслы болған жағдайда ғана нызам менен шеклениўи мүмкин». Демек, Өзбекистан Республикасының ҳәр бир пуқарасы ең әҳмийетли болған ҳуқықлардың бири хабар еркин алыў ҳәм оны жәриялаўда мәмлекет тосқынлық етпейди, керисинше бунда жәрдем береди.

Лекин, пуқараларымыздың бул ҳуқықларын әмелде қолланыў ушын ғалаба хабар қураллары ушын да жумыс ислеўи ушын нызамлы кепилликлер керек еди. Буған мысал сыпатында конституциямыздың 67-статьясын атап өтиўимизге болады. Усы статья негизинде Өзбекистанда биринши мәртебе ғалаба хабар қуралларының еркинлиги принципи конституциялық қағыйда сыпатында беккемлеп қойылды. Әҳмийетли тәрепи цензура бийкар етилди. Цензураның жоқ етилиўи, ғалаба хабар куралларының жәмийеттеги, хабарларды еркин ҳәм ҳеш қандай басымсыз тарқатыў имканиятын жаратып берди.

Цензураның сөз еркинлигине жол бермейтуғынын мысаллар менен дәлиллеўге ҳәрекет етип көрейик. Көпшилик нураный журналистлеримиз, бурыңғы аўқам ўақытында ҳәзирги баспасөз үйиниң екинши қабатында «ЛИТО» деген мәкемениң болғанлығын ҳәм бул мәкеме ғалаба хабар куралларында берилип атырған материалларды бастан аяғына шекем оқып болмайды дегенин (субъектив көз-қарастан) яғный мәмлекет сиясатына қарсы деген материалларды газетадан алып таслаўға шекем табан тиреп турып алатуғынын айтқанын еситкенбиз.

Ҳәзирги ўақытта болса, пуқараларымыз ғалаба хабар қуралларынан еркин түрде пайдалана алыў мүмкиншилигине ийе болды. Ҳәтте телевидениедеги туўрыдан-туўры көрсетиўлерге өз сораўлары менен қатнасыў имканиятына да ийе болды.

Бүгинги күни ғалаба хабар куралларының саны да көбейди сапасы да артты. Буның себеби неде деген сораў өз-өзинен туўылады. Еркин пуқаралық жәмийетинде қәлеген пуқара қәлеген ғалаба хабар қуралын көриўи яки қәлеген газетасына жазылыўына болады. Демек газеталардың санының түриниң артып барыў аудитория (халық) ның талаплары есабынан болып атырғаны анық болды. Мәселен, бүгинги күни шаңарақ ағзалары ушын, балалар ушын, жаслар ушын да газеталар, телеканаллар бар. Буннан тысқары инсалардың қызығыўшылығы бойынша талаплары қанаатландырылып атыр, мысал ушын, спортқа қызығыўшылар ушын спорт телеканалы, мәдениятқа қызығыўшылар ушын мәденият телеканаллары жумыс алып бармақта.

Әсиресе мәмлекетимизде демократиялық реформаларды тереңлестириўде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен қабыл етилген «Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы» үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Концепцияның 3-бәнти «Хабар тараўын реформалаў, хабар ҳәм сөз еркинлигин тәминлеў» ге қаратылған. Оған болса, ғалаба хабар қураллары тараўы, журналист искерлигине байланыслы болған бир қатар нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилген болса жаңа нызамларда қабыл етилди. Концепцияда «Телерадиоеситтириўлер ҳақкында», «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары искерлигиниң ашық-айдынлығы» нызамларды қабыл етиў, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында» ғы, «Телекоммуникациялар ҳаққында» ғы, «Реклама ҳақкында» ғы, «Авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында» ғы нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў белгилеп қойылды.

Дәслеп атап өтилген яғный жаңадан қабыл етилген нызамларға итибар берип өтейик. Дүньяда глобалласыў процеси жүрип атырған бир ўақытта Өзбекистан Республикасында жумыс алып баратуғын ғалаба хабар кураллары соның ишинде радио-телевидение өз искерлигин заман талабы тийкарында алып барыў ўазыйпасы туратуғыны анық. Себеби, радио-телевидение хабарларының, көрсетиўлериниң сапасын жақсылаў халықтың хабарлар менен жаңалықларды шет ел каналларынан емес ал өзимиз хабар каналларынан еситиўин тәминлеў зәрүр еди. Мине усы бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў ушын нызамлы тийкар керек еди.

Ал, «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары искерлигиниң ашық-айдынлығы» нызамы 2014-жылы 4-май күни қабыл етилди. Бул нызамның қабыл етилиўи Өзбекистан Республикасында пуқаралық жәмийетин және раўажландырыўға және бир алға тасланған қәдем болды деп атап өтсек болады. Себеби, нызам пуқаралардың ҳәкимият, басқарыў органларына мүражат етиў механизмлерин жеңиллестиреди ҳәм пуқаралар ҳәм басқарыў органлары ортасындағы тосқынлықларды алып таслайды. Нызамда ғалаба хабар қураллары басқарыў органлары үстинен жәмийетлик бақлаўды әмелге асырада деп атап өтилген. Демек, усы нызамның жәрдеминде пуқараларымыз туўрыдан-туўры өз арза ҳәм усыныслары менен басқарыў органларына мүражат ете алады. Нызамда мүражат етиўдиң тез ҳәм арзан усылы электрон почтадан пайдаланыў ҳәм пуқаралардың мүражатлери электрон почта жәрдеминде қабыл етиледи ҳәм усылды жуўап қайтарылатуғыны атап өтилген. Бул да заманагөй коммуникация технологиялары раўажланған дәўирде пуқараларымыз ушын үлкен жеңиллик болды деп атап өтиўимизге болады.

Хурмет Атажанов

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *