УЛЛЫБРИТАНИЯДА ҲАЎАНЫ ТАЗАЛАЙТУҒЫН АВТОБУС ИСЛЕП ШЫҒАРЫЛДЫ

Уллыбританияның барлық регионлары ушын автобус жеткерип беретуғын Ag-Ahead компаниясы (пайтахттан тысқары) Bluestar моделин Саутгемптон қаласында иске түсирди. Бул қала тосаттан таңланбаған.

Халықаралық ден саўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда Саутгемптон Уллыбританияның ең қалаларының биринен есапланады екен. Ҳаўадағы майда зыянлы бирикпелер халықтың ден саўлығына кери тәсирин тийгизеди деген жуўмаққа келинген. Буның тийкарғы себеби қаладағы автомобиллердиң басып көпшилиги дизель жанылғысында ҳәрекет етеди.

Автобус ушын фильтр Pall Aerospace компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған. Тийкарынан компанияның өнимлери самолетлер ҳәм кемелерде қолланылады. Ҳаўадағы зыянлы элементлерди өзине сорап алады, қоршаған орталыққа болса тазалап қайта жибериледи. Бул процесс автобустың жолда ҳәрекет етиўи ўақытында әмелге асырылады. Фильтрдиң ислеўи жолаўшыларға кери тәсир етпейди.

Автобусты ислеп шығарыўшылардың атап өтиўинше автобус 10 метрге шекемги бийикликтеги ҳаўаны жыл бойына тазалап барады. Go-Fhead тегилердиң атап өтиўине қарағанда, бул көлемдеги жумыслар қаланың экологиялық ҳалатының жақсыланыўына үлкен жәрдемин тийгизеди.

                                      Дерек:  https://naked-science.ru/article/tech/v-britanii-zapustili-avtobus

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *