Кейинги жыллары жер шарында глобал ықлым өзгериўи процесслери көзге тасланбақта. Буның нәтийжесинде жерлердиң деградацияға ушыраўы, ҳаўа райының өзгериўи, тәбият байлықларының кемейип барыў процесслери әсте-ақырынлық менен жүз бермекте. Сол ушында инсанлардың өзлериниң басламасы менен тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўы керек екенлигин түсинип жетпекте. Continue reading
Гайд-парктеги тропикалық тоғайлар
Лондон университети колледжи илимпазлари жаңа изертлеўди келтирип өткен, олардың атап өтиўинше қала ишиндеги жасыл зоналар тропикалық тоғайлар киби углеродты услап қалыў қәбилетине ийе екен. Олар анализи даўамында университет аймағын ҳәм Лондонның арқа тәрепинен көрип шыққан. Бул жерлерде 85 мың тереклер болған.
Бухара суўыны қоныс басқан мәкан
Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты Өзбекстандағы ең үлкен қорғалатуғын аймақлардың биринен есапланады. Буннан тысқары, резерват Бухара суўының тийкарғы қоныс басқан мәканы болып табылады.
Жанлы тәбият итибарды сүйеди
Ҳақыйқаттанда бизди қоршап турған ана тәбиятымыз инсаннан еледе итибарлы болыўды, оны сақлап қалыўға болған ҳәрекетин еледе жетилистириўди талап етеди. Әсиресе, бизиң ири дәрьямыз есапланған Әмиўдәрья бойында нешше әсирлер бойы өсип, раўажланып киятырған тоғайларымыз аймағымыздағы экологиялық тең салмақлықты сақлап туратуғын тәбийий ландшафт есапланады. Continue reading
СЕМИНАР-ТРЕНИНГ ПО ВОДНЫМ ПРОБЛЕМАМ ПРОШЕЛ В НУКУСЕ
Водный вопрос, особенно её нехватка, чувствуется в Каракалпакстане. Потому обеспечение чистой питьевой водой население остро стоит в повестке дня любого мероприятие посвященной экологии Аральского региона. В двухдневном семинаре «Повышение осведомленности СМИ и ННО Узбекистана по вопросам водных ресурсов и рациональному водопользованию» обсуждались вопросы рационального использование водных ресурсов и её освещение в местных СМИ.
2018-жылы Нобель сыйлығы кимлерге берилди?
8-октябрь күни Стокгольм қаласында быйылғы жылғы Нобель сыйлығы ийелерин анықлаў мәресими болып өтти. Экономикалық моделлестириў бағдары изертлеўшилери АҚШ лы Уильям Нордхаус ҳәм Пол Ромерлер базар экономикасы ҳәм ықлым өзгериўиниң байланысы бағдарындағы изленислери ушын экономика бағдары бойынша Нобель сыйлығына еристи. Continue reading
АВСТРИЯДА ФЕРМЕР ПАЛ ҲӘРРЕСИН НАБЫТ ЕТКЕНИ УШЫН ЖАЗАҒА ТАРТЫЛДЫ
Австрияның Клагенфурт қаласы суды жергиликли фермерди пал ҳәррелерин билқастан уйлағаны ушын қамақ ҳәм 20 мың евро муғыдарындағы жазаға тартты.
УЛЛЫБРИТАНИЯДА ҲАЎАНЫ ТАЗАЛАЙТУҒЫН АВТОБУС ИСЛЕП ШЫҒАРЫЛДЫ
Уллыбританияның барлық регионлары ушын автобус жеткерип беретуғын Ag-Ahead компаниясы (пайтахттан тысқары) Bluestar моделин Саутгемптон қаласында иске түсирди. Бул қала тосаттан таңланбаған.
ЖӘМИЙЕТТИҢ ИНФОРМАЦИЯ АЛЫЎ ҲУҚЫҚЫЛАРЫНЫҢ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНЫЎЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Инсаният өзиниң басып өткен жолына баҳа бериўў ўақытында тарийхый параллельлерди келтириўди унатады. Атап өтетуғын болсақ, қул ийелеўшилик дәўирлерде инсан қалай жасаған, ал феодаллық дәўирде қалай жасаған, қайсысы абзалырақ деген сораўларға жуўап табыўды жақсы көреди.
Ал биз болса, бурыңғы аўқам дәўиринде қалай жасадық ал бүгин қалай жасап атырмыз, яғный ким болып жетилистик деген сораўларға жуўап бериў ушын тарийхый параллельлерди келтирип өтемиз. Тараўым, қызығыўшылығым журналистика, ғалаба хабар кураллары болғанлығы ушын салыстырыўларымыздың басы сол тәрепке бурылыңқырап кетеди.
АУДИТОРИЯНЫҢ ИНФОРМАЦИЯ АЛЫЎ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛЕНИЎИ
Мәмлекетимиз өз ғәрезсизлигин алған дәслепки күнлерден-ақ пуқара-лардың хабар алыў, сөз еркинлигин тәмийинлеў мәселесине үлкен итибар бере баслады. Ғалаба хабар қуралларын либералластырыў, олардың мате-риаллық-техникалық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарындағы исленген жумыслар өз нәтийжесин бермекте.