Гайд-парктеги тропикалық тоғайлар

        Лондон университети колледжи илимпазлари жаңа изертлеўди келтирип өткен, олардың атап өтиўинше қала ишиндеги жасыл зоналар тропикалық тоғайлар киби углеродты услап қалыў қәбилетине ийе екен. Олар анализи даўамында университет аймағын ҳәм Лондонның арқа тәрепинен көрип шыққан. Бул жерлерде 85 мың тереклер болған.

Лазер импульслары жәрдеминде тереклердиң өзине жутып алып атырған углеродларын өлшеген.

Импульс тереклер тәрепинен углеродлардың жутып алыныўын дәл көрсетип бере алатуғын методлардың биринен есапланады.

Илимпазлар Лондонның ең көзге көринген жасыл аймағы есапланған Hampstead Heath де ҳәр бир гектарға 178 тонна углерод жыйналатуғынлығын анықлаған.

Салыстырыў ушын тропикалық тоғайлар усындай аймақта 190 тонна углеродты өзине тартып алады екен. Жойбар илимпазларының бири Фил Уилкс қаладағы жасыл аймақларда қаланың тазалығын сақлаўдағы әҳмийетин атап өтиўди өз алдымызға мақсет қойған едик деген пикирди билдирген.

Атап өтиўимиз керек қаладағы тереклер өмиримиз ушын әҳмийетли ресурс есапланады. Илимпазлар өз изертлеў жәрдеминде қалалы жерлерде тропикалық тоғайлардағы киби тәбийий таза аймақты пайда етиў мүмкин екенлигин атап өтпекши болған.

                                                              Г.Сабурова,

              ҚМУ студенти       

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *