Жанлы тәбият итибарды сүйеди

Ҳақыйқаттанда бизди қоршап турған ана тәбиятымыз инсаннан еледе итибарлы болыўды, оны сақлап қалыўға болған ҳәрекетин еледе жетилистириўди талап етеди. Әсиресе, бизиң ири дәрьямыз есапланған Әмиўдәрья бойында нешше әсирлер бойы өсип, раўажланып киятырған тоғайларымыз аймағымыздағы экологиялық тең салмақлықты сақлап туратуғын тәбийий ландшафт есапланады.

Тоғайларымыз биологиялық көп түрлилиги менен ғана өзгешеликке ийе болып қалмастан, олар ең әҳмийетли болған экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық ўазыйпаны да атқарады. Тоғайлар жер асты суўларының дузлылығы менен көлемин төменлетеди. Дәрья бойларындағы тоғайларымыз дәрьяның кенарынан шығып кетип жақын әтираптағы аўыл хожалық егинлерине зыянын тийгизиўдин алдын алады.

Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы аймағының 6 процентин айрықша қорғалатуғын тәбийий аймақлар қурайды. Республикамыздағы айрықша қорғалатуғын тәбийий аймақлар сыпатында экологиялық, илимий ҳәм мәдений әҳмийетке ийе аймақлар есапланады. Олар биологиялық, ландшафт рәңбә-реңликти сақлаў ҳәм экологиялық тең салмақлылықты сақлап қалыў ушын шөлкемлестириледи.

Қанлыкөл районы аймағынан да Әмиўдәрьямыз ағып өтеди. Усы дәрья бойларында тәбийий тоғайзарлықлар мәмлекет қорғаўына алынған. Аймаққа болған сапарымыз даўамында «Жайхун» фермерлер хожалығы аймағына сыбайлас болған Хожели тоғай хожалығына қараслы Қанлыкөл тоғай төрешилигинде болған едик.

Тоғай хожалығының жәми майданы 1,5 мың гектарды қурайды. Тийкарынан дәрьяның еки бойын жағалаған тоғай бир нешше километрлерге шекем созылған. Тоғай хожалығының аймағының жергиликли фермерлердиң суўағырылатуғын жерлерине сыбайлас болғаны менен тоғайдың да, егислик жерлердиң де биологиялық зат алмасыў процесинде бир-бирин байытып турғанын жергиликли, бурыннан отырықлы болып киятырған дийқанларымыз атап өтти. Тоғай хожалығына жақын жайласқан атызлардың тез-тез суўғарылыўы тоғайдағы топырақтың ызғарлылығын сақлап турыўға да жәрдемин тийгизеди екен.

Дәрья бойларындағы тоғайлардың әжайып тәрепи Әмиўдәрья суўының бәҳәрде қопа-қолтықларды толтырып барыўы, ал кейин ала жаз-гүз айларында өз аңғарына қайтыўы биологиялық көп түрлиликти сақлаў, таза нәллердиң өсип раўажланыўы ушын өз жәрдемин тийгизеди екен.

– Мына көрип турған тораңғыл нәллерине үш жылға шамалас ўақыт болды, өсип-өниўи жақсы. Қырқ гектарға шамалас майданда тораңғыл нәллери бой көрсетип тур. Егер насос арқалы жабымыздан суў алып келе алсақ нәллердиң саны және көбейер еди. Көрип турған тораңғыл нәллери тәбийий жол менен көбейди, лекин оларды суўғарыў жумысларында алып барып атырмыз дейди, – Тоғай хожалығы хызметкери

Ҳақыйқаттанда бой көтерип турған тораңғыл нәллери көзди қуўандырып самалда шайқалысып тур. Егер усы майданлар аман сақлап қалынса, тоғайдағы биологиялық көп түрлилик және де артатуғыны анық. Себеби, тоғай майданының көбейиўи ҳайўанатлар ушын азық ўазыйпасын атқаратуғын болса, екиншиден, ҳаўаның және тазарыўына жәрдемин тийгизеди.

Лекин, инсан аяғы жеткен жер өзгереди деген гәп қуры айтылмаған болса керек. Бул тоғайда да инсан искерлигиниң нәтийжесинде қәлиплескен шығындыларды жийи болса да ушыратыўға болады. Ал гейбир жерлеринде шығындылардың үйиндилери де пайда болған.

Бизиң тоғайларымызға да тәбиятты, тоғайды қорғаўға шақыратуғын белгилер менен плакатларды илип қойыў ўақыты келгенге уқсайды. Буннан тысқары шығындыларды таслайтуғын контейнерлерди қойыўды ойлап көриў керек. Көпшилик шет еллерде мектеп баланы мектеп жасындағы баланың кеўлинде жанлы тәбиятқа меҳирди оятыў ушын биздеги тәбият ҳәм басқада сабақларда тәбият қойнына саяхатқа алып шығыў дәстүри бар. Сол ушын да европалыларда тәбиятқа болған меҳирли көз-қарас мектеп жасынан баслап қәлиплеседи.

Бизде де мектеп жасынан баслап балаларды жанлы тәбиятқа алып шығып, тоғайлар, парклер менен таныстырып барыў мақсетке муўапық келер еди. Нөкис қаласының өзинде де ботаника бағы, бир неше парклер бар. Оқыўшылар алысқа бармай ақ усы парклерге барып жанлы тәбият пенен тиккелей танысса оған болған қатнасы да өзгерген болар еди. Соның менен бирге балада жанлы тәбиятқа болған меҳир оянады.

Хурмет Атажанов,

Қанлыкөл районы тоғай хожалығынан көринислер

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *