АУДИТОРИЯНЫҢ ИНФОРМАЦИЯ АЛЫЎ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛЕНИЎИ

Мәмлекетимиз өз ғәрезсизлигин алған дәслепки күнлерден-ақ пуқара-лардың хабар алыў, сөз еркинлигин тәмийинлеў мәселесине үлкен итибар бере баслады. Ғалаба хабар қуралларын либералластырыў, олардың мате-риаллық-техникалық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарындағы исленген жумыслар өз нәтийжесин бермекте.

Әсиресе, мәмлекетимиз Биринши Президентиниң басламасы менен қабыл етилген «Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлести-риў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы»нда ғалаба хабар қураллары тараўын реформалаў, хабар ҳәм сөз еркинлигин тәмийин-леў мәселесине айрықша итибар қаратылған.

Ғалаба хабар қураллары, сөз еркинлиги, хабар алыў кепилликлери ҳәм телекоммуникация тараўаларына тийисли нызамларға өзгерис киргизили-ўине тийкар болған факторлардың бири сыпатында глобалласыў ҳәм пуқараларымыздың хабарды емин-еркин алыўға болған талапларының өсип барғанлығы, заманагөй коммуникация қуралларының жетилисип раўажланып барыўын атап өтиўимизге болады.

Концепцияда «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары искерли-гиниң ашықлығы ҳаққында»ғы, «Телерадиоеситтириўлер ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары искерлигиниң экономикалық тийкарлары ҳақ-қында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары искерлигин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў кепилликлери ҳаққында»ғы нызамларды қабыл етиў, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы, «Хабар еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлер ҳаққында»ғы, «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы ны-замларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилди.

Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы конституциясының 29-статьясында «Ҳәр ким өзи қәлеген хабарды излеў, алыў ҳәм оны тарқатыў ҳуқықына ийе, ҳәрекеттеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылған хабар ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлерден тысқары. Пикир жүргизиў ҳәм оны айтыў еркинлиги тек ғана мәмлекет сыры ҳәм басқа сырларға байланыслы болған жағдайда ғана нызам менен шеклениўи мүмкин». Конституциямыздың барлық статьяларында хабар ҳәм сөз еркинлиги, баспасөз, пикир еркинлиги ҳаққында сөз етилмеген болса да инсан ҳәм пуқаралардың мине усы ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге, қорғаў ушын хызмет етеди.

Және бир тәрепи конституциямызда сөз ҳәм баспасөз еркинлигин туўрыдан-туўры тәмийинлеўге қаратылған, ғалаба хабар қуралларының жәмийетте ҳуқықый статусы белгилеп қойылған конституциялық қағыйда-лар есапланады.

Нызамда пуқараларды заманагөй коммуникация хызметлери менен толық ҳәм сапалы түрде тәмийинлеўдиң ҳуқықый механизмлери белгиленген ҳәм хабар ҳәм коммуникация тараўын және де жетилистириў, телекоммуникация, хабар-ислеп шығарыў, байланыс хызметлерин және де раўаж-ландырыў атап өтилген еди.

Усы нызамның орынланыў бойынша мәмлекетимизде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап өтетуғын болсақ, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы қарамағындағы барлық телеканаллар, соның менен бирге Өзбекистан ўәлаятларындағы телекананаллары өз көрсетиўлерин цифрлы тәризде жеткерип бермекте. Соның менен бирге пуқаралардың талапларын инбатқа алған ҳалда ҳәр қыйлы бағдарда жумыс алып баратуғын телеканаллар ашылды. Мысал ушын, «Дунё бўйлаб», «Кинотеатр», «Ойлавий». Тек ғана 2014-жылдың өзинде «Менинг юртим», «MY5», 2015-жылдың январь айынан болса «Маҳалла» телерадиоканалы жумыс ислей баслады.

Буннан тысқары, мәмлекетимизде ғалаба хабар қуралы сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткен Интернет-ресурсларының саны соңғы бес жылда 2 есе артты. Мысал ушын, 2015-жылы 1-январы ҳалатына Интернет-ғалаба хабар қуралларының саны 304 ке жетти. Олар өзбек, қарақалпақ орыс, инглис, француз, немец ҳәм басқа да тиллерде хабар тарқатпақта.

Концепцияда «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органларының ашықлығы ҳаққында»ғы нызамды қабыл етиў зәрүрлиги пайда болғаны туўралы атап өтилген еди. Бул нызам 2014-жылы 5-май күни қабыл етилди.

Ҳақыйқаттан да бүгинги күни мәмлекетимиз ғалаба хабар кураллары мәмлекет ҳәкимияты органлары ҳәм жәмийетшилик ортасында нәтийжели байланыс орнатыўда әхмийетке ийе болып бармақта. Олар барған сайын мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары искерлиги үстинен жәмий-етлик бақлаўды әмелге асырыў бойынша ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырып келмекте.

Мәмлекет ҳәкимияты органлары искерлиги үстинен жәмийетлик бақ-лаўды әмелге асырыўда ғалаба хабар қураллары арқалы алып барылатуғын жәмийетлик бақлаўдың әҳмийетли тәреплери ҳәм себеплери төмендеги принциплерде анық көринеди:

– жәмийет ҳам инсан мәплериниң үстемлиги;

– бундай жәмийетлик бақлаўдың кең қамтылатуғынлығы, яғный ол жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әмелге асырылатуғынлығы;

– ондағы ашық-айдынлық, яғный оны әмелге асырыў процеси ҳәм оның нәтийжелери, ҳәмме ушын ашық екенлиги ҳəм бул бақлаўдың халық-тың бақлаўында әмелге асырылатуғынлығы;

– бақлаў өткериў өз ықтыяры менен өткерилетуғынлығы.

«Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органларының ашықлығы ҳақ-қында» ғы нызамға айрықша итибар қаратыўымыз лазым екенлигин жә-мийетимизде қәлиплесип киятырған пуқаралық позиция, пуқараларымыз-дың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм басқа да  негизлер тийкар болмақта.

Нызам мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары искерлигиниң ашықлағы тараўындағы қатнасларды ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў бойынша миллий ҳәм шет ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда ислеп шығылғаны, соның менен бирге ҳәр бир пуқараның мәмлекет басқарыўы органлары ҳаққында мағлыўматларды еркин түрде алыў, анализлеў, тарқа-тыўға байланыслы конституциялық ҳуқықты әмелге асырыў процесинде пайда болатуғын социаллық қатнасларды тәртипке салыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Нызам 24 статьядан ибарат ҳәм олар тийкарғы төрт бапқа ажыратыл-ған. Нызамда атап өтилиўине қарағанда, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм бас-қарыў органлары искерлигиниң ашық-айдынлығының тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат деп көрсетиледи:

– олар тәрепинен инам етилетуғын хабардан ҳәммениң пайдаланыўы мүмкин екенлиги, оның өз ўақытында берилиўи ҳәм исенимлилиги;

– олардың искерлигиниң ашық-айдынлығы ҳәм анықлығы;

– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары искерлиги ҳаққын-дағы мағлыўматларды излеў, алыў ҳәм тарқатыў еркинлиги.

Бул нызамның қолланыў тараўы анық белгилеп қойылған ҳәм оны әме-лиятта қолланыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Мәселен, нызам-ның 3-статьясының 1-бөлиминде усы нызам мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқа-рыў органлары, олардың қурам бөлеклери искерлигиниң ашық-айдын-лығын тәмийинлеўде қолланылады.

Нызамның 9-статьясында мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы орган-ларының искерлиги ҳаққындағы мағлыўматлар төмендегилерден ибарат екенлиги атап көрсетиледи:

– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының рәсмий басылымлары;

– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары басшыларының, со-ның менен бирге усы органлар тәрепинен ўәкиллик берилген лаўазымлы адамлардың шығып сөйлеўлери ҳәм баянатлары;

– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары баспасөз хызмет-лериниң хабарлары;

– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының рәсмий веб-сайт-ларының материаллары;

– ғалаба хабар қуралларының материаллары.

Буннан тысқары, нызамның 10-статьясында мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары баспасөз хызметлериниң жумысы белгилеп берилген. Онда баспасөз хызмети ғалабалық илажларды шөлкемлестириў, мағлыў-матларды (пресс-релиз, бюллетень ҳәм тағы басқалар) тарқатыўы, соның менен бирге мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының веб-сайт-ларында олардың искерлиги ҳаққында хабарларды жайластырыў ҳәм жаңа-лап барыў жолы арқалы мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары искерлигини ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў илажларын әмелге асыратуғынлығы атап өтилген.

Нызамның екинши бабында мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары искерлигиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртиби ҳәм усыллары, мағлыўматлардан пайдаланыўшылардың таяр турыўы ушын жағдай жаратыўға уқсаған нормалар белгилеп қойылған. Онда мәмлекет ҳәки-мияты ҳам басқарыўы органларының веб-сайтлары ҳаққында да сөз етиледи, оған бола рәсмий веб-сайтлардағы хабар мәмлекетлик тиллердеги көри-ниске ийе болыўы мүмкин екенлиги атап көрсетилген.

Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының рәсмий веб-сайт-ларында жайластырылған мағлыўматлар исенимли болыўы керек ҳәм ол ғалаба хабар қуралларында өз сәўлелениўин табатуғын хабарлар менен тең ҳуқыққа ийе.

Демек, атап өтилген веб-сайтлар мәмлекетлик ҳәкимияты органлары тәрепинен тарқатылатуғын хабарлардың объективлигине толық түрде кепиллик бериўи атап өтилген. Атап өтиўимиз керек, бүгинги күни Интернет тармағындағы веб-сайтлардың барлығындағы мағлыўматлар толы-ғы менен анық ҳәм объектив екенлигине ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Солай екен, жоқарыда атап өтилген веб-сайтлар мәмлекетлик басқарыў органлары тәрепинен шығарылған қарарлар, шешимлердиң дурыслығы, мине, веб-сайтлар арқалы талқылап берилетуғыны анық.

Нызамның 17-статьясында мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларынан аккредитациядан өткен ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ҳуқықлары белгилеп қойылған. Егер аккредитация термининиң этимологиясына итибар қарататуғын болсақ, бул сөз латын тилиндеги «acredere» сөзинен алынған ҳәм «исеним билдириў, исениў» деген мәнини аңлатады. Бунда демек, мәмлекетлик басқарыў органлары тәрепинен алдын ала журналистлер аккредитациялар өткериледи. Қарақалпақстан Республикасында бул қубылыс Министрлер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылды. Бүгинги күни Министрлер Кеңесинде болып өтетуғын мәжилис, жыйналасларға республикамызда ҳәрекет етип турған ғалаба хабар қуралларының аккредитациядан өткен журналистлери ғана қатнасыў имканиятына ийе болды. Бул не ушын керек?- деген сораў туўылыўы мүмкин. Атап өтилген органлар тәрепинен журналистлердиң аккредитациядан өтиўи, биринши гезекте, журналистлердиң қәнигелесиўине, белгили бир тараў бойынша журна-листлердиң ҳәр тәреплеме анализленген журналистлик дөретпелердиң пай-да болыўына тийкар жаратады. Буннан биринши гезекте, оқыўшылар, аудитория утады.

Үшинши бапта мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының искерлиги ҳаққында хабар алыўға байланыслы сораў түсиниги, сораўды кө-рип шығыў мүддетлери ҳәм тәртиби, сораўға қойылатуғын талаплар анық белгилеп берилген. Атап өтетуғын болсақ, 19-статьяға тийкарланып мағ-лыўматты пайдаланыўшының сораўы дизимнен өткерилген күннен баслап ең көби он бес күн мүддет ишинде, ғалаба хабар қуралларының мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органларының искерлиги ҳаққында мағлыўмат алыўға байланыслы, соның менен бирге лаўазымлы адамлардың интервьюин шөлкемлестириў ҳаққында сораўы ең көби менен жети күнлик мүддетте көрип шығылатуғыны айрықша атап өтилген.

Айрықша атап өтиўимиз керек, концепция тийкарында ғалаба хабар қураллары, сөз еркинлиги тараўында қабыл етилген нызамлар өзгерислер менен қосымшалар киргизилиўи ҳәм жаңа нызамлардың қабыл етилиўи мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды және жетилистириўде өз жәрдемин тийгизетуғыны анық.

Хурмет Атажанов,

Журналист

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *