Суўды үнемлеўдиң заманагөй усыллары

Кейинги жыллары жер шарында глобал ықлым өзгериўи процесслери көзге тасланбақта. Буның нәтийжесинде жерлердиң деградацияға ушыраўы, ҳаўа райының өзгериўи, тәбият байлықларының кемейип барыў процесслери әсте-ақырынлық менен жүз бермекте. Сол ушында инсанлардың өзлериниң басламасы менен тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўы керек екенлигин түсинип жетпекте.

Әсиресе, суў ресурсларының кемейип барыўы инсанияттың алдында турған үлкен машқалалардың биринен болып табылады. Биз барлық ўақытта суў жетиспеўшилиги болмайды деген түсиник пенен жасап келген едик. Россиялы алым Н.Реймерс 1991-жылы «Тәбият ресурслары көп жыллар даўамында ақылсызлық пенен жумсалып келинген еди. Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның ағысынан 4-5, максимум 10 процент алыныўының орнына 80 процентке шекеми алынып келинди. Буның нәтийжесинде Арал теңизиниң қурыўы, жерлердиң ҳәм тоғайлардың деградацияға ушыраўына алып келди», деп атап өткен еди.

Ҳәммемиздиң хабарымыз бар, инсанияттың ақылсызлық пенен аўыл хожалығы жумысларын алып барыўы Арал теңизиниң қурып кетиўине алып келди. Ал, кейинги жыллары болса Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суўларының әсте-ақырынлық пенен кемейип баратырғанының гүўасы болмақтамыз. Мине усыларды есапқа алып Орайлық Азия республикалары ҳүкиметлери бир қатар жумысларды алып бармақта. Мине усылардың ишинде аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў нәтийжели екенлиги көзге тасланбақта. Өзбекстан Республикасында «Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққыда» ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул қарарға тийкарланып суўды үнемлеўши технологияларды пайдаланған фермер хожалықлары ушын бир қатар жеңилликлер белгиленген.

Соның менен биргеликте, бир қатар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте алып барылып атырған жойбарларда бул бағдарда нәтийже бермекте. Узгидромет ҳәм БМШ тың раўажландырыў бағдарламасының «Өзбекстанның шөл зоналарында жайласқан фермен ҳәм дийқан хожалықларының климат турақлылығын тәминлеў» бейимлестириў қорының жойбары тийкарында суўды үнемлеўши технологияларды Қарақалпақстан Республикасы дара дийқан ҳәм фермер хожалықларында енгизиў бойынша жумыслар алып барылған. Бул ҳаққында жойбар координаторы Бахытбай Айбергенов атап өтти:

– Агро ҳәм   суўды үнемлеўши технологиялар илимпазлар тәрепинен  бир нешше жыллық тәжирийбелер тийкарында усыныс етип келинбекте, лекин бул технологиялардың нәтийжели болыўы фермерлердиң билими, мотивациясына байланыслы болып табылады. Соны атап өткимиз келеди, фермер хожалықлары келешекте усы технологиялардан пайдаланыўға мәжбүр болады, себеби суўдың там-таныслығы жыл сайын тәкирарланып бармақта. Усыларды есапқа алып дийқан ҳәм фермерлердиң билимин жетилистириўди жолға қойдық.

Егер вегитация процесине келетуғын болсақ, туўры вегитация ислегенимизде, өсимликтиң өсимликтиң тамыр системасы 10-14 күнге қысқарады, жыйнап алынатуғын өним 30-50 процентке (палыз өнимлери) артады. Ығалдың ҳәр бир өсимликке берилгени ушын олардың барлығы тез раўажланады. Сол ушын тамшылап суўғарыў дузланған жерлерде пайдаланыў нәтийже береди, себеби ығаллық тамырға туўры жетип барады. Тамшылап суўғарыў тегис болмағанТамшылап суўғарыў тегис болмаған майданда суўғарыўды туўры алып барыўға жәрдем беретуғын технология есапланады. Азықлық затлар туўрыдан туўры суў менен тамырға туўрыдан-туўры жетип барады. Төгин 50 пайызға үнемленеди.

2019-жылы дала әмелий семинарлары ҳәм мастер-класслары нәтийжесинде Мойнақ, Қанлыкөл, Кегейли, Шымбай ҳәм Тахтакөпир районлары, Ташкент аграр университети Нөкис филиалында алып барылды ҳәм оның нәтийжесинде 2855 адам тәлим алды.

Жойбардың нәтийжесинде  кооператив ҳәм мектеплерге 630 комплект тамшылап суўғарыў системасы, 620 адам тамшылап суўғарыў системасын өзлериниң үй қапталы жерлеринде пайдаланыў ушын алды.

Егер халқымыз тамшылап суўғарыў системасынан пайдаланғанында 2.2. миллион кубометр суў үнемленген болар еди.

Үй қапталы жерлеринде тамшылап суўғарыў системасын қолланыў аңсат, көп энергия ҳәм пулды талап етпейди. Тамшылап суўғарыў ушын бизге суў тотырып қоятуғын ыдыс, тамшылатып турыўшы лента, фитинг, магистрал труба керек болады. Бул үскенлерди аңсат ғана дүканлардан сатып алыўға болады.

Бизиң пикиримизше, келешекте ҳәр биримиз өз мөлдек жерлеримизде тамшылап суўғарыў системасынан ақыллылық пенен пайдала алсақ, суўды үнемлеўден қайырхомлық исине үлес қосқан боламыз.

 Хурмет Атажанов,

Журналист

 

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *