Нөкисте өсип турған шынарлар

Платан (шынар) терегин Ташкентте ҳәм Алма-ата да ушыратып оның бийиклигине, жапырағының үлкенлигин көрип ҳайран болатуғын едим. Жақында бир достымнан платанның (шынар) Нөкисте өсип турғанын еситип ҳайран қалып, қай жерде өсип турғанын сорап, көрип қайттым. Нөкисте еки жерде яғный ҳәзир «Alsis» компаниясы жанында, екиншиси бурыңғы қалалық ишки ислер бөлиминиң алдында өсип тур. Еки орында да еки түптен егилген, бурыңғы қалалық ишки ислер бөлими алдында өсип турған тереклердиң жасы үлкенирек, бирақ, екинши орындағы өсип турған платанлардың жасы киширек, буны теректиң бийиклигинен, жиңишке екенлигинен аңлаўға болады.

Егер платан (шынар) атамасының этимологиялық келип шығыўына итибар қарататуғын болсақ, латын тилинен аўдарма исленгенде «енли» дегенди билдиреди яғный теректиң шақалары ири ҳәм жапырағы формасы бойынша клён терегине уқсап кетеди. Платан гейде 50-6- метрге шекем өсиўи мүмкин, ал оның өресиниң көлеми 20-25 метрге шекем жетеди. Мәселен, Туркияның аймағында 2300 жыл жасаған платан бар екенлиги анықланған, оның өресиниң көлеми 42 метрге шекем жетеди екен. Платан тереги көп жасайтуғын тереклердиң қатарына киреди.

Платанның қаламызда өсип турғанын ҳәм оның бизиң шараятымызға бейимлесиўи ҳаққында экспертимиз, биология илимлериниң кандидат Б.Айбергеновтан сорағанымызда төмендегилерди атап өтти:

– Шынар тереги Нөкисте өседи, тек дәслепки жыллары жақсы күтим талап етеди. Яғный топырақты жақсылап шорын жуўып, соң егиў керек. Буған мысал ретинде бурыңғы қалалық ишки ислер бөлиминиң алдында еки түп шынар өсип тур, 50-60 жаста шыгар менинше.

Шынар көп жасайтугын тереклер қатарына киреди. Еситиуимше Түркменистанда да 1000 жыллык шынар бар деген мағлыўматлар бар. Оның бойы 45 метр екен. Шынар тез өседи, суўыққа салыстырмалы шыдамлы, яғный -25 градусқа шыдам бере алады. Туқымнан ҳәм шүллик арқалы көбейтиу мүмкин. Орта Азияда, Кавказда, Жер Орта теңизи шығыс жағаларында, Киши Азияда өседи.

Шынар терегиниң шақасы қалың, оның астында бир неше адам жаўыннан ҳәм қуяштан пана табыўы мүмкин. Соның менен бирге оның ғозасы мазасы ҳәм инсан ушын пайдалы болып табылады. Платанның сыйырылған ағашы мықлы болады ҳәм оны қурылыс материалы, мебель ислеўде де пайдаланыўға болады.

Демек, шынарды пайтахтымызда өсирип, оның саясында емин-еркин дем алыўға болады. Буннан тысқары, қаламыздың және де шырайлы болыўына тийкар жаратқан боламыз.

Ҳүрмет Атажанов,

Сүўретлерде: Қаламызда өсип турған шынар тереги

 

Добавить комментарий

Ваш адрес email не будет опубликован. Обязательные поля помечены *